Нөкис қалалық Кеңесиниң гезексиз алпыс алтыншы сессиясы болып өтти

Нөкис қалалық Кеңесиниң гезексиз алпыс алтыншы сессиясы болып өтти

  • 50
  • 27-July-2023

 

           

Нөкис қаласы ҳәкими тайынланды

 

Усы жылдыӊ 26-июль күни халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң гезексиз алпыс алтыншы сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда қала ҳәкими лаўазымына Данияров Абатбай Сапарбаевичти тайынлаў мәселеси көрип шығылды.

Усынылған талабанды қалалық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.

 

Сессияда Данияров Абатбай Сапарбаевич Нөкис қаласы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды.

Өз гезегинде А.Данияров өзине билдирилген исенимди ақлаўға, билим ҳәм тәжирийбесин қаланы ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға, халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыўға, исбилерменликти раўажландырыў арқалы қосымша жумыс орынларын жаратыўға жумсайтуғынлығын билдирди.

Усыныӊ менен халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң гезексиз алпыс алтыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

 

Мағлыўмат ушын, Данияров Абатбай Сапарбаевич усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымында нәтийжели жумыс алып барған.

Дерек: Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

 

 

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: https://t.me/nukuspress

July 2023
MTWTFSS
 12
3456789
10111213141516
17181920212223
24252627282930
31 

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Skip to content