ШАХМАТ: ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ БИРИНШИЛИГИ ӨТКЕРИЛДИ

ШАХМАТ: ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ БИРИНШИЛИГИ ӨТКЕРИЛДИ

  • 45
  • 24-Iyul-2023

image

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 14-январдағы “Шахматты және де раўажландырыў, ен жайдырыў ҳәм де шахматшыларды таярлаў тараўын еле де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы  ПҚ-4954-санлы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигине қараслы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери тәрбыяланыўшылары арасында Республикалық  «Шахмат» спорт жарысы өткерилди.

 

 

 

Тәрбияланыўшылар арасында өткерилген жарыс жуўмағында ул баллар арасынан Қоӊырат районы 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшысы Рамазан Джумабаев, қыз баллар арасынан Тақыятас районы 9-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшысы Зарина Konстантиновна биринши орынларды ийелеп, Өзбекстан Республикасы басқышына жоллама алды.

 

 

 

 

 

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги тәрепинен 1,2,3-орынды алған жеӊимпазлар қымбат баҳалы саўғалар (велосипед) ҳәм дипломлар менен сыйлықланды. Қалған барлық қатнасқан тәрбияланыўшыларға да қымбат баҳалы саӯғалар ҳәм ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

 

 

 

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: https://t.me/nukuspress

Iyul 2023
DuSeChPaJuShYa
 12
3456789
10111213141516
17181920212223
24252627282930
31 

O‘zbekiston Respublikasi Prezidentining ijtimoiy tarmoqlardagi rasmiy sahifalari

Skip to content