Нөкис қаласында және бир мешит пайдаланыўға тапсырылды

Нөкис қаласында және бир мешит пайдаланыўға тапсырылды

  • 48
  • 20-June-2023

 

         

 

Бүгин 2023-жыл 20-июнь күни Нөкис қаласы «Саманбай» МПЖ «Шайх Муҳаммад Содиқ Муҳаммад Юсуф» мешити пайдаланыўға тапсырылды.

 

Мешиттиң салтанатлы ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы орынбасары Р.Сапарбаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Мамбетқадиров, Нѳкис қаласы ҳәкими У.Панаев ҳәм бир қатар мийманлар, белгили уламалар, ветеран имамлар, имам-хатиблер ҳәм мәҳәлле турғынлары қатнасып, жаңа имараттың қурылысына жақыннан жәрдем берген бәрше сақый инсанларға өз миннетдаршылығын билдирди ҳәм нураный аталар елимиздиң тынышлығы, қәтержамлығы ҳәм де абаданшылығын тилеп дуўалар қылды.

Жаңа «Шайх Муҳаммед Садық Муҳаммед Юсуф» мешитте бир ўақыттың өзинде 700 адам намаз оқып, еркин ибадат етиў имканияты жаратылған жаңа мешит заманагөй көринисте қурылып, итибарға ылайық бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, бир намаз оқыў залы, хызметкерлер ушын еки хана, 30 метрлик минаралар, гүмбез, 25 адамға хызмет көрсетиўши заманагөй тәҳәратхана намаз оқыўшылардың хызметинде болады.

Жаңа мешитке елимизде динимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан ислам дүньясына белгили улама ҳәм устаз Шайх Муҳаммед Садық Муҳаммед Юсуфтың аты берилди. Республикамызда мешитлердиң саны 64 ке, Нөкисте болса 6 ға жетти.

 

 

Нөкис қаласы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: https://t.me/nukuspress

June 2023
MTWTFSS
 1234
567891011
12131415161718
19202122232425
2627282930 

Ózbekstan Respublikası Prezidentiniń sociallıq tarmaqlardaǵı rásmiy betleri

Skip to content